DANALÍQLAR


Гео и язык канала: Киргизия, Киргизский
Категория: Цитаты


Бул каналда белгили адамлар, данышпанлар сөзлери Бахыт Раманова аўдармасында.
Қосымша усыныс ҳәм пикирлер ушын t.me/danaliqlar топарына кирсеңиз болады.
Даналардың мәңгилик ҳикметлеринен азық ал!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Киргизия, Киргизский
Категория
Цитаты
Статистика
Фильтр публикаций


БИЗЛЕР ҲЕШҚАШАН САМАЛДЫҢ БАҒЫТЫН ӨЗГЕРТЕ АЛМАЙМЫЗ,
БИРАҚ ЖЕЛҚОМЛАРДЫ ДУРЫС ҚОЙЫЎ БИЗИҢ ЕРКИМИЗДЕ.

💡© Лао Дзы

@danaliq


ЯДЫҢЫЗДЫ ӨКПЕ-ГИЙНЕ МЕНЕН ТОЛТЫРЫП ТАСЛАМАҢ, БОЛМАСА ӘЖАЙЫП ДЕМЛЕР УШЫН ОРЫН ҚАЛМАЎЫ МҮМКИН.

💡©Фёдор Достоевский

@danaliq


ЕГЕР СЕН БАЙ ШАҢАРАҚТАН БОЛМАСАҢ, БАЙ ШАҢАРАҚ СЕННЕН БАСЛАНЫЎЫ КЕРЕК.

💡©Джордж Вашингтон

@danaliq


КҮШ, МӘРТЛИК ҲӘМ ИСЕНИМ ҚОРҚЫЎДЫҢ КӨЗИНЕ ТИК ҚАРАЎДАН ПАЙДА БОЛАДЫ. СИЗ ИСЛЕЙ АЛМАЙТУҒЫНДАЙ ТҮЙИЛГЕН НӘРСЕЛЕРДИ ИСЛЕЎИҢИЗ КЕРЕК.

💡ДҮНЬЯ, ДИН, ӨМИР философиясы

@danaliq


▪️1.АДАМ ҮШ НӘРСЕНИҢ ҚӘДИРИН БӘРҲА КЕШИГИП БИЛЕДИ: ЖАСЛЫҚ, ДЕНСАЎЛЫҚ, ТЫНЫШЛЫҚ.

▪️2.ДОСТЫ–ҚОРЛАЎ ГҮНА. ӨМИРЛИК ЖОЛДАСЫҢДЫ ҚОРЛАЎ–ЖҮЗ ЕСЕ ГҮНА. АТА-АНАНЫ ҚОРЛАЎ–МЫҢ
ЕСЕ ГҮНА. НӘРЕСТЕНИ ҚОРЛАЎ–ШЕКСИЗ ГҮНА...

▪️3.ЖУМЫС КӨП БОЛЫП, ЎАҚТЫҢЫЗ ЖОҚЛЫҒЫНАН НАЛЫМАҢ, ЎАҚЫТ КӨП БОЛЫП, ЖУМЫСТЫН ЖОҚЛЫҒЫНАН ҚОРҚЫҢ, АДАМДЫ ӘБИГЕР ЕТЕТУҒЫН НӘРСЕ–БИЙКАРШЫЛЫҚ.

▪️4.ҲӘТТЕ БҮЛБИЛ ДЕ ШӨЖЕ ШЫҒАРҒАН СОҢ САЙРАЎДЫ
ТОҚТАТЫП, ПАЛАПАНЛАРЫНА ЖЕМ ТАСЫЙДЫ.

▪️5.ЕРТЕЛЕП ТУРҒАНЫҢДА, КҮНДИЗ ЖҮРГЕНИҢДЕ, КЕШТЕ УЙҚЫЛАҒАНЫҢДА ҲЕШ ЖЕРИҢ АЎЫРМАСА, СОНЫҢ ӨЗИ ҮЛКЕН БАХЫТ!

▪️6.АҚЫЛ МЕНЕН ҲӘМЕЛГЕ
ЕРИСИЎ МҮМКИН. ҲӘМЕЛ
МЕНЕН АҚЫЛҒА ЕРИСИП
БОЛМАЙДЫ.

▪️7.ДҮНЬЯДА *МҮЛТИКСИЗ НӘРСЕ ЖОҚ. ХӘТТЕ МУҲАББАТ ДЕП АТАЛГАН ИЛАҲИЙ СЕЗИМДЕ ДЕ ӘДАЛАТСЫЗЛЫҚ БАР. КИМ ҚАТТЫРАҚ СҮЙСЕ, СОЛ КӨБИРЕК АЗАП ШЕГЕДИ.

▪️8.ИНСАННЫҢ БАҲАСЫ БУЛ ДҮНЬЯДА ӨЗИНИҢ АЛҒАНЫ МЕНЕН ЕМЕС, АЛ ӨЗИНЕН ҚАЛҒАНЫ МЕНЕН БЕЛГИЛЕНЕДИ.

*Мүлтиксиз–бул жерде идеал деген мәнисте

💡©У́ткир Хошимов

@danaliq


ЕҢ ҮЛКЕН БАХЫТ – СИЗГЕ
ИСЕНБЕГЕН ИНСАНЛАРҒА
ӨЗ ЖЕТИСКЕНЛИГИҢИЗДИ
КӨРСЕТИЎ.

💡ДҮНЬЯ, ДИН, ӨМИР философиясы

@danaliq


ҒЫЙБАТ БОЛЫП АТЫРҒАН ОРЫНЛАРДА ОТЫРМА, ӨЙТКЕНИ ТУРҒАНЫҢНАН СОҢ КЕЙИНГИ ГӘП СЕН ҲАҚҚЫНДА БОЛАДЫ.

💡©Федор Достоевский

@danaliq


ЖУМЫС КӨП БОЛЫП, ЎАҚЫТ ЖОҚЛЫҒЫНАН НАЛЫМАҢ. ЎАҚЫТТЫҢ КӨПЛИГИ, ЖУМЫСТЫҢ ЖОҚЛЫҒЫНАН НАЛЫҢ. АДАМДЫ ӘБИГЕР ЕТЕТУҒЫН НӘРСЕ – БИЙКАРШЫЛЫҚ.

💡©Уткир Хошимов

@danaliq


ЕҢ КӨП БАХЫТ-ЫҒБАЛҒА ЕРИСИЎ ИМКАНЫ МҮМКИН БОЛҒАН ЖАНЗАТ – БУЛ ИНСАН ЗАТЫДУР. ОЛ УШЫН ШӘРТИ СОЛ, ОЛ ӨЗИН БАСҚАЛАР МЕНЕН САЛЫСТЫРЫЎДЫ ТОҚТАТЫЎ КЕРЕК.

💡©Жалалатдин Румий

@danaliq


КЕЙИН ПУШАЙМАН БОЛМАЎ УШЫН:
ШАДЫҚОРРАМЛЫҒЫҢДА СӨЗ БЕРМЕ;
ҚАПАЛЫҒЫҢДА ЖУЎАП
БЕРМЕ;
АШЫЎЫҢ БАРЫНДА ҚАРАР ШЫҒАРМА!

💡©Жалалатдин Румий

@danaliq


БАХЫТЛЫ ӨМИР АҚЫЛ ҚӘТЕРЖӘМЛИГИНЕН БАСЛАНАДЫ.

💡©Цицерон

@danaliq


ҲЕШҚАШАН КӨЗИҢ
КӨРМЕГЕН НӘРСЕНИ
ҚУЛАҒЫҢ ЕСИТИЎИНЕ ЖОЛ ҚОЙМА!

💡Сөз күши

@danaliq


СОРАЎ ДА, ЖУЎАП ТА БИЛИМНЕН КЕЛИП ШЫҒАДЫ.

💡©Жалалатдин Румий

@danaliq


ЕГЕР СЕН ДЕ АҚЫЛЛЫ КИСИЛЕРДИҢ ҚАТАРЫНДА БОЛҒЫҢ КЕЛСЕ, ҲӘР КҮНИ БИР МӘРТЕ, Я ҲӘПТЕДЕ БИР МӘРТЕ, ҲЕШ БОЛМАСА АЙЫНА БИР МӘРТЕ ӨЗИҢЕ ӨЗИҢ ЕСАП БЕР!

💡©Абай

@danaliq


ҮШ КИСИ АЛДЫҢДА СӨЙЛЕП АТЫРСА, ОЛАРДЫҢ ГӘПЛЕРИН ТОҚТАТЫЎШЫ БОЛМА!

1. АТА-АНА;
2. НӘРЕСТЕ;
3. ҒАМҒА БАТҚАН КИСИ.

СЕБЕБИ, ОЛАРДЫҢ ТЕК ТИЛЛЕРИ ЕМЕС, АЛ ҚӘЛБЛЕРИ ДЕ СӨЙЛЕП АТЫРҒАН БОЛАДЫ.

💡ДҮНЬЯ, ДИН, ӨМИР философиясы

@danaliq


БИЛЕСИЗ БЕ, СОНДАЙ ЎАҚЫТ КЕЛЕДИ, ӨМИРДЕ ШАҢАРАҚТАН ӘҲМИЙЕТЛИ НӘРСЕ ЖОҚ ЕКЕНЛИГИН ТҮСИНЕСЕҢ.

💡Сөз күши

@danaliq


ӨМИРДЕ ҲӘММЕСИ ЖАҚСЫЛЫҚҚА. ЕГЕР ДЕ АДАМЛАР СЕННЕН ЖҮЗ БУРҒАН БОЛСА, ДЕМЕК, ӨМИР СЕНИ ШЫҒЫНДЫДАН ҚУТҚАРЫПТЫ.

💡Сөз күши

@danaliq


МУҲАББАТТАН КҮШЛИРЕК ТЕК САБЫР БОЛЫЎЫ МҮМКИН. БИРАҚ, ОЛ ҲӘРКИМГЕ БЕРИЛМЕГЕН.

💡Сөз күши

@danaliq


ДЕНСАЎЛЫҚ, ӘЛБЕТТЕ, БӘРШЕСИ ЕМЕС, БИРАҚ ҚАЛҒАНЛАРЫ ОЛСЫЗ ҲЕШНӘРСЕ ЕМЕС.

💡Күн цитатасы

@danaliq


МЕЙЛИ, ИМКАНСЫЗ ДЕГЕН НӘРСЕЛЕРДИҢ БӘРИНИҢ ИМКАНЫ БОЛСЫН. МЕЙЛИ, АЛЫС ДЕГЕН НӘРСЕЛЕРДИҢ ҲӘММЕСИ ЖАҚЫН БОЛСЫН. МЕЙЛИ, ҚУРАМАЛЫ БОЛЫП КӨРИНГЕН НӘРСЕЛЕРДИҢ ҲӘММЕСИ ШЫРАЙЛЫ ҲӘМ АҢСАТ ШЕШИМИН ТАПСЫН.

💡Күн цитатасы

@danaliq

Показано 20 последних публикаций.