Пәрман суд-ҳуқық системасын түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған жаңа стратегиялық ҳүжжет.
🔹 Пәрманда 6 багана белгиленди:
✅ халықшыл суд;
✅ әдиллик қорғаны;
✅ кепиллик берилген әдиллик;
✅ әдиллик сақшылары;
✅ санлы әдил судлаў;
✅ халықаралық тән алыў.
🔹 2027-жыл 1-июльден суд қарарларын қайта көрип шығыў ушын 319 штат бирлигине ие, бир неше аймақты қамтып алатуғын аймақлараралық судлар шөлкемлестириледи.
Суд ислерин қайта көрип шығыўдың жаңа тәртибин белгилейтуғын бир неше нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў нәзерде тутылмақта.
🔹 Және бир әҳмиетли жаңалықлар:
▫️ тергеў судьяларына халықаралық "
“Prima Facie" стандарты тийкарында қосымша ўәкилликлер бериледи;
▫️ "Прецедентлер" реестри арқалы бирден-бир суд әмелияты қәлиплестириледи;
▫️ "Бир айна" принципи ҳәм
my.sud.uz порталы арқалы санлы хызметлер кеңейтиледи;
▫️ суд ҳәкимшилиги институты енгизилиўи арқалы судьялардың бийғәрезлиги және де беккемленеди.