Репост из: Тлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич
БАЛАМДЫ САҒЫНДЫМ, ҚОҢЫРАУ ҚЫЛАЙЫН...
Бауыр етимғой мен, қалай шыдайын
Өзи шықпаса да, өзим шығайын
Ең болмаса, билип аман саулығын
Балама бугин бир қоңырау қылайын
Анаманғой жоғау, менде əңгиме
Қолларымда телефоным, бар мине
Антен көтермейди, минип зəңгиге
Балама бугин бир қоңырау қылайын
Зəңги қалтырайды, деп тур сынайын
Қулап кетпегеймен, яр бол Қудайым
Деп еплеп, шығаман бийик терекке
Баламды сағындым, қоңырау қылайын
Анасынан келип, хабар алмаса
"Ертең бараман" деп күнде алдаса
Уйқламастан күттим, талай таңғаша
Баламды сағындым, қоңырау
қылайын
Машин менен жолы түскен пайтлары
Бир келмейди, яки байрам, хайтлары
Туған күниме қутлы босын да айтпады
Өзим бугин оған, қоңырау қылайын
Еркелеттим, ғам көрмеди турмыста
Қол тиймейди, ол баслыққой жумыста
Машин менен зырылдайды тум-тусқа
Тым-тырысқой, өзим қоңырау қылайын
Ақлығым да машын алған жақында
Оныңда я қолы тиймей атырма
Я барлығы бағынама қатынға
Өзим ақ бир, бүгин қоңырау қылайын...
Ермекбай Акимбаев
Қоңырат
Бауыр етимғой мен, қалай шыдайын
Өзи шықпаса да, өзим шығайын
Ең болмаса, билип аман саулығын
Балама бугин бир қоңырау қылайын
Анаманғой жоғау, менде əңгиме
Қолларымда телефоным, бар мине
Антен көтермейди, минип зəңгиге
Балама бугин бир қоңырау қылайын
Зəңги қалтырайды, деп тур сынайын
Қулап кетпегеймен, яр бол Қудайым
Деп еплеп, шығаман бийик терекке
Баламды сағындым, қоңырау қылайын
Анасынан келип, хабар алмаса
"Ертең бараман" деп күнде алдаса
Уйқламастан күттим, талай таңғаша
Баламды сағындым, қоңырау
қылайын
Машин менен жолы түскен пайтлары
Бир келмейди, яки байрам, хайтлары
Туған күниме қутлы босын да айтпады
Өзим бугин оған, қоңырау қылайын
Еркелеттим, ғам көрмеди турмыста
Қол тиймейди, ол баслыққой жумыста
Машин менен зырылдайды тум-тусқа
Тым-тырысқой, өзим қоңырау қылайын
Ақлығым да машын алған жақында
Оныңда я қолы тиймей атырма
Я барлығы бағынама қатынға
Өзим ақ бир, бүгин қоңырау қылайын...
Ермекбай Акимбаев
Қоңырат