❓
Ийс-гәзинен зәҳәрленип атырғанымызды қалайынша билемиз?Ис-гәзи жаныўшы материяның (көмир, тәбиий гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.
Төмендеги жағдайлар ис-гәзиниң пайда болып атырғанынан дерек береди:➖ Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
➖ Тәбиий гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
➖ Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы;
➖ Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы ис-гәзинен зәҳәрленип атырғаннан дерек береди.
Ис-гәзинен зәҳәрлениў инсан ден-саўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшиликке алып келеди.
Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң.
👉
@Karakalpak24